Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде Қоразбек шайырдың 170 жыллығы ҳәм Қазы Мәўлик Бекмухаммед улының 140 жыллығына бағышланған «Олар кәтиплер еди» атамасында әдебий кеше болып өтти. Кешени музей директоры Ш.Пайзуллаева кирис сөз бенен ашып берди. Илажға Қазы Мәӯлик Бекмухаммед улының әӯладлары, деректаныўшы, музейдиӊ аға илимий хызметкери А.Идрисов, филология илимлери бойынша философия докторы(PhD) К.Матимов, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, белгили шайыр ҳәм қыссахан Р.Отарбаевлар өз баянатлары менен қатнасты.
Әдебий кеше қатнасыўшыларына Коразбек шайырдыӊ ѳмири ҳәм дѳретиўшилиги, сондай-ақ Қазы Мәўлик Бекмухаммед улынан бизге мийрас болып қалған қол жазбалардыӊ бүгинги күндеги әҳмийети ҳаққында мағлыўматлар берилди. Кеше соӊында шымбайлы қыссахан Қ.Жуманиязовтыӊ атқарыўында қысса жолы менен косықлар оқылды.