Қарақалпақ әдебиятында белгили тулғалардың бири Мәӯдид Бекмухаммед (Қазы Мәӯлик) улы 1885-жылы Шымбайда улама шаңарағында дүньяға келген.
Мәӯдид Бекмухаммед (Қазы Мәӯлик) улы дәслепки билимин Карақум ийшан медресесинен алған. Медресени питкергеннен кейин билимин еле де раӯажландырыӯ мәксетинде әкеси Бекмухаммедтиң усынысы менен Бухарадағы Көкалташ медресесинде оқыўын даӯам етеди. Бухарада турып әкеси менен хат алысып турған. Хатларының биринде Бекмуҳаммед баласы Мәўликке Көкалташ медресесиниң китапханасындағы бай мағлыӯматлар ҳаққында хабар береди ҳәм сол мийнетлерден нусқа көшириӯди мәслаҳәт еткен.
✅ Музейде шөлкемлестирилген Қазы Мәўликтиң туўылғанына 140 жыл толыў мүнәсибети менен болып өткен кешеде Қазы Мәўликтиң баласы Садулла, оның баласы Саламат Медетов тәрепинен Қазы Мәўликтиң жайнамаз ретинде пайдаланған тутыныў буйымы музейге саўға ретинде тапсырылды.
✅ Музей жәмәәти атынан Қазы Мәўлик Бекмухаммед улының бәрше әўладларына миннетдаршылық билдирип қаламыз.