Nókis q., Sh.Abdirov kóshesi, 1/1 jay +998(61) 223-54-21 info@berdakhmuseum.uz

Қарақалпақ этно аўылында Наўрыз байрамы !

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде «Қарақалпақ этно аўылында Наўрыз байрамы» атамасындағы байрам кешеси болып ѳтти. Байрам кешесин музейдиӊ директоры Ш.Пайзуллаева ашып берди. Байрамға Хожели районы №3-санлы мектеп оқыўшылары, ҚМУныӊ кѳркем ѳнер факультетиниӊ студент жаслары ѳзлериниӊ концерт бағдарламасы ҳәм сахналы кѳринислери менен қатнасты. Сондай-ақ, НМПИ ҳәм ҚМУ студент қызлары заманагѳй миллий үлгидеги кийимлер коллекцияларын тамашагѳйлер нәзерине усынды. Байрам «Үш әўләд ушырасыўы» менен даўам етти.

© All Rights Reserved.