Ҳаял-қызлардың айрықша кийимлериниң бир түри—сəўкеле. Сəўкеле нағыс пенен кестелеп тигилген, ҳəр түрли алтын-гүмис пенен безелген, жүдә әййемги дәўирлерден киятырған ҳаял-қызлардың бас кийими есапланады. Сәўкеле еки бөлимнен ибарат болып, бириншиси тумақ ямаса төбелик деп аталса, екиншиси қуйрықша яки ҳалақасы деп аталады. Сәўкеле парсы тилинен алынған болып ,“шо кулө” патша бас кийими деген мəнини аңлатады. Сәўкеле көздиң жаўын алатуғын қызыл маржан ҳәм алтын, гүмис тағылып қызыл ушыға тигилген ғайры нағыслары бир-бири менен шебер үйлесип турады. Тарийхшылардың мағлыўматына қарағанда әййемги массагет жаўынгер ҳаяллары сәўкелени жаўынгер бас кийими сыпатында урысларға түскен ўақтында пайдаланған. Белгили тарийхшы академик С.П.Толстов сəўкеле эрамыздың басындағы Хорезм патшасының тажы болған деген еди. Соңлықтан да бул кийим ҳәм әскерий ҳəм ҳəкимшилик әҳмийетке ийе болған. Сәўкеле қарақалпақлардың қол өнериниң баҳалы дөретпеси есапланады.