Nókis q., Sh.Abdirov kóshesi, 1/1 jay +998(61) 223-54-21 info@berdakhmuseum.uz

Садық Нурымбетовтыӊ туўылғанына 125 жыл толыў мүнәсибети менен «Нураный устаз атанған шайыр» атамасында әдебий кеше

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде Садық Нурымбетовтыӊ туўылғанына 125 жыл толыў мүнәсибети менен «Нураный устаз атанған шайыр» атамасында әдебий кеше болып ѳтти. Кешени музейимиз директоры Ш.Пайзуллаева ашып берди. Т.Жәримбетова, Т.Ғайбуллаева, М.Дабылов, М.Алламбергенова ҳәм И.Зинатдиновларлар шығып сөйлеп С. Нурымбетовтыӊ ѳмири, дѳретиўшилиги, ѳз елиниӊ мақтанышы болғанын, қыссахан ҳәм шайыр А.Дабылов пенен әпсанаўий дослығы ҳаққында айтып А.Дабыловтыӊ «Бахадыр» дәстаныныӊ үзиндисин қысса жолына салып айтып берди. Буннан басқа И.Юсупов атындағы дѳретиўшилик мектеп оқыўшылары ҳәм муғаллими Г.Тѳленова ѳз презентациясы менен қатнасты. Илаж соӊында Нѳкис қәнигелестирилген мәденият мектеби оқыўшылары тәрепинен С.Нурымбетовтыӊ қосықларын намаға салып атқарды.

© All Rights Reserved.