Nókis q., Sh.Abdirov kóshesi, 1/1 jay +998(61) 223-54-21 info@berdakhmuseum.uz

Қолжазбалар менен танысыў

Музей фондына жаӊадан қосылып атырған қолжазбалар менен таныстырыўды даўам етемиз.

Қолжазба атамасы: الرسالة الشمسية فى قواعد المنطقية ар-Рисала аш-Шамсиййа фий қаўаид ал-мантиқиййа

Авторы: Нажмуддин Әлий ибн Умар ибн Әлий әл-Қазўийний, әл-Кәтибий (мийладий 1276 ўафат еткен)

Илим тараўы: Мантық (Логика)

Мазмуны: Бул шығарма муқаддима яғный кирисиў, үш мақала ӽәм жуўмақлаў хатимадан ибарат. Шығарма мантық илимине тийисли болып, онда түрли логикалық мәселелер көрип шығылған. Шығарма Орайлық Азия медреселеринде логика илиминен сабақлық ретинде оқытылған. Кейинги дәўир уламалары ушын логика илими бойынша баҳалы дерек болып хызмет еткен. Бул шығарманың бир неше нусқалары бар ҳәм шығармаға бир қанша шарӽлар яғный шолыўлар жазылған.

Араб тилиниӊ грамматикасы бойынша әл-Кафия, Аўамил қусаған китаплар менен қосып бир муқаба ишинде жазылған. Соған қарағанда медресе талабасыныӊ ямаса мударрисиниӊ китабы болыўы мүмкин.

Нусқа толық сақланған. Көлеми 29 парақ.

Басланыўы: «ўа раттабтуӽу ъала муқаддиматин ўә сәласи мақолатин ўә хотима …»

Көширилген жылы: ӽижрий 1209. Мийладий 1794-жылға туўра келеди. Яғный буннан 231 жыл бурын көширилген нусқа.

Кәтип: Қулмуӽаммед ибн Ерназар суўфы.

Таярлаған: музейдиӊ аға илимий хызметкери Абдусалим Идрисов

© All Rights Reserved.