Музейимиздеги ең баҳалы ҳәм әҳмийетли экспонатларымыздан бири бул-"Мрамор тас" есапланады.
Мрамор тас-«Бағышлаў» деп аталып, көлеми 69х50 см, қалыңлығы 10 см ден ибарат. Таста 48 қатар сөз қосық үлгисинде болып, парсы тилинде жазылған, ҳижрий жыл есабы менен (1771-1772-жж.) тийисли. Бул Шымбайдағы «Хан мешити» ниң орнынан табылып, 2014-жылы музейге алынды. Бул тастағы 48 куплетте ҳәр қыйлы муғаллимлерге, муддарислерге, оқыўшыларға, мешит ийелерине түрлише тапсырмалар айтылған.
Мәселен: «Оқыўшылардың минез-қулқынан бийғәрез, муғаллим оған оқытып, билим бериўи шәрт» делинген даналық сөзлер жазылған.