Nókis q., Sh.Abdirov kóshesi, 1/1 jay +998(61) 223-54-21 info@berdakhmuseum.uz

Ақырзаман китабы

Ақырзаман китабы

Автор: Сүлайман Бақырғаний, Ӽәким ата.

Диний-тәрбиялық әӽмийетке ийе әдебий естелик. Қыямет күни, ақырзаман ҳәм о дүньяны баянлаўға бағышланған. XX әсирдиң басына дейин түркий халықлар соныӊ ишинде қарақалпақлар арасында кеӊ тарқалған диний китаплардың бири болған. 1847-жылдан баслап бир неше мәрте қайта басылып шығарылған. "Ақырзаман" китабын рус тилине Е.Малов аўдарған ҳәм 1897-жылы жәрияланған.

Басланыўы: Ерни нетәк яратты ерсә күнни ӽәман, Айны нетәк яратты ерсә күнни ӽәман

Мазмуны: Мусылман китапларында келген ақырзаман белгилери ӽаққында айтылады. Ақыр заман шамаласқанда алымлар мәс қылыўшы ишимликлер ишиўи, зина қылыўы, ӽадал ис турғанда ӽарам иске өш болатуғыны, оннан кейин Алла таала бәле есиклерин ашыўы, кәпирлердиӊ шад болып, мөмин бенделердиӊ ғамгүн болыўы, көп ӽәйеллер жесир, гөдеклер жетим қалыўы, Дәжжалдыӊ шығыўы, Мәӽдийдиӊ Дәжжал менен урысыўы, Ыйса әлейӽиссаламныӊ Мәӽдийге жәрдем берип Дәжжалды жеӊиўи, оннан кейин Яъжуж, Маъжуждыӊ шығып көп мусылманларды ӽәлек қылыўы, Даббатул-арз (жер мақлуқы) шығып, Қуръанныӊ аспанға көтерилиўи, кейин Алла тааланыӊ пәрманы менен Ысрафыл периште сүрди шалып ақырзаман болыўы қосық қатарлары менен әдебийлестирилип баянланған.

© All Rights Reserved.