Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейиниң илимий хызметкери А.Улымбетова XX әсир қарақалпақ әдебиятының баслаўшыларының бири жазыўшы ҳәм драматург Жолмурза Аймурзаевтың туўылғанына 115 жыллық юбилейи алдынан пайтахтымыздағы 17-санлы улыўма билим бериў мектебинде усы мектептин 6-класс оқыўшылары қатнасыўында музей сабағын шөлкемлестирди.
Музей сабағында «Жолмурза Аймурзаев 115 жаста» презентациясын оқыушылар нәзерине усынды.
Жолмурза Аймурзаев 1910-жылы Шымбай районының ҳәзирги Қасым Әўезов ижара ҳожалығында туўылады. Оның «Қосықлар» (1935,1936,1938), «Уллы Ӯатан қосығы»(1939), «Тасқын» (1946), «Мениң батырларым»(1949), «Шайыр сөзи»(1949),«Шығармаларының еки томлығы»(1980), «Өмир шайдасыман»(1986), «Жетпис тоғызыншы бәҳәр»(1989)ҳ.т.б.бир неше поэзиялық топламлары бар. Проза тараўында «Қуўат», «Абадан», «Келин», «Әмиўдәрья бойында», «Жетимниң жүреги», «Қызкеткен», «Мәнзиллер» сыяқлы гүрриң,повестьлери ҳәм романлары бар. «Айгүл-Абат», «Бердақ», «Қәдирдан доктор», «Рәўшан», «Ҳәкислилер», «Шеберханның шырмаўығы»,«Бахыт булағы» пьесалары театр саҳналарына қойылды. Ж.Аймурзаев Қарақалпақстан (1974) ҳәм Өзбекстан (1981)халық жазыўшысы, «Айгүл-Абат»драмасы ушын 1968-жылы Бердақ сыйлығының лауреаты болды.
Музей сабағы оқыўшыларда Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейине, қарақалпақ әдебиятына болған қызығыўшылықларын еле де асырды ҳәм оқыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.