Nókis q., Sh.Abdirov kóshesi, 1/1 jay +998(61) 223-54-21 info@berdakhmuseum.uz

ѲЗБЕКСТАН ҲƏМ ҚАРАҚАЛПАҚСТАН ХАЛЫҚ ЖАЗЫЎШЫСЫ ЖОЛМУРЗА АЙМУРЗАЕВТЫҢ ТУЎЫЛҒАНЫНА 115 ЖЫЛ !

ѲЗБЕКСТАН ҲƏМ ҚАРАҚАЛПАҚСТАН ХАЛЫҚ ЖАЗЫЎШЫСЫ ЖОЛМУРЗА АЙМУРЗАЕВТЫҢ ТУЎЫЛҒАНЫНА 115 ЖЫЛ

Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде Ѳзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Жолмурза Аймурзаевтыӊ туўылғанына 115 жыл толыў мүнәсибети менен «Жалынлы жылларда жазылған қосықлар» атамасында әдебий кеше болып ѳтти. Кешени музейимиз директоры Ш.Пайзуллаева ашып берди. Сондай-ақ, Қарақалпақстанға хызмет кѳрсеткен артист М.Дошпаев «Ж.Аймурзаевтыӊ Қарақалпақ музыка мәдениятындағы орны», И.Юсупов атындағы дѳретиўшилик мектебиниӊ муғалими А.Аймуратова «Ж.Аймурзаевтыӊ дѳретиўшилиги, қарақалпақ мәденитыныӊ раўажланыў басқышы» атлы баянатлары менен қатнасты. Кеше соңында мектеп оқыўшылары тǝрепинен Ж.Аймурзаев қосықлары кѳркемлеп оқылды.

© All Rights Reserved.