Оның туңғыш қосықлар топламы 1955-жылы «Бахыт лирикасы» болып табылады. Соң «Күн шығыс жолаӯшысына», «Ойлар», «Жети асырым », «Ғарры туттағы гүз», «Дала әрманлары», «Заман ағымы», «Кеӯил кеӯилден суӯ ишер», «Тумарис ҳәм басқа
поэмалар», «Дала орфейи», «Йош», Шығармаларының еки томлығы, «Дәӯир самаллары», «Аласатлы дүнья бул», «Дузлы самаллар», «Кеӯилдеги кең дүнья», «Үмит жағысы», «Таңлаӯлы шығармаларының еки томлығы», «Беглигиңди бузба сен», «Бүлбил уясы», «Өмир саған ашықпан», «Ҳәр кимниң өз заманы бар» атлы қосықлар ҳәм поэмалары қарақалпақ поэзиясын байытты.
Музейимизде бул дөретиўши инсанға арналған көргизбелер залы шөлкемлестирилген болып, онда олардыӊ шығармалары, услап тутқан буйымлары, ҳәр қыйлы ушырасыўлардан алынған фото сүўретлер ҳәм шайыр ҳаққында илимпазлардыӊ бийбаҳа пикирлери жәмленген.