Nókis q., Sh.Abdirov kóshesi, 1/1 jay +998(61) 223-54-21 info@berdakhmuseum.uz

7-май Қарақалпақ прозасының байтереги- Т.Қайыпбергеновтыӊ   туўылған күни !

Т.Қайыпбергенов 1929 – жылы 7 – майда Кегейли районында дийхан шаӊарағында туўылған. 1944 – 1945 жыллары болажақ жазыўшы еле аўылдағы мектепте оқып жүрген ўақытларында – ақ уқыплы, талантлы, зийрек ҳәм көп оқыўды қәлейтуғын қунтлы оқыўшы сыпатында көзге түсип, өзи 6 – 7 – класссларында оқып жүрип ол усы мектептиӊ 2 – 4 – классларына сабақ берген. Мектепти питкерип болып, Хожели қаласындағы педагогикалық билим журтына оқыўға тусип, оны питкергеннен соӊ өзи туўылып өскен аўылында устазлық етиў менен бирге әдебиятқа да қызығып баслайды. 1950 – 1955 – жыллар аралығында Карақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтынында оқып, рус тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы қәнигелигин ийелейди. Оқыўын тамамлағаннан соӊ, оныӊ баслы мақсети жазыўшы болыў еди. Ол дөретиўшилик жумыслары менен биргеликте лаўазымлы ҳәм жамийетлик жумысларды да теӊдей алып бара алды.

© All Rights Reserved.