Nókis q., Sh.Abdirov kóshesi, 1/1 jay +998(61) 223-54-21 info@berdakhmuseum.uz

​9-МАЙ «ЕСЛЕЎ ҲӘМ ҚӘДИРЛЕЎ» КҮНИ !


1941-1945-жыллары болып өткен Екинши жер жүзлик урыс қатнасыӯшыларының жеңиске ерискен күни. Бизиң жерлеслеримиз арасынан урысқа қатнасқан жазыӯшы-шайырларымыздың да исимлери мәнги сақланып келмекте. Олар арасында жазыӯшы Ж.Аймурзаев, А.Бекимбетов, Т.Сейтжанов, Б.Қайыпназаров ҳәм Х.Сейитовлардың шығармаларында усы урыс нәпеси дөретилген. Сондай-ақ, музей фондында Қарақалпақстан аймағында жасап өткен, екинши жер жүзлик урыс дәӯиринде урыс майданларында киндик қаны тамған жерге сағыныш, ата-анаға деген мухаббат ҳәм де бир-биреӯге деген дослық ҳаққында жырлап өткен инсанлардың да қол жазба қосықлары сақланып келинбекте. Олар арасында урысқа қатнасып, ата-анасын, өз үйин, туӯған жерин, дос-яранларын сағынып дийдарын көре алмай кеткен жерлесимиз Сейтназар Мадрасулиев деген инсанның өз қолллары менен жазған қол жазбалары сақланған. Ол киси өз кеширмелерин қойын дәптерине жазып қалдырыӯға ҳәрекет еткен.

© All Rights Reserved.