Nókis q., Sh.Abdirov kóshesi, 1/1 jay +998(61) 223-54-21 info@berdakhmuseum.uz

​9-май - «Еслеў ҳәм қәдирлеў» күни

9-май - «Еслеў ҳәм қәдирлеў» күни алдынан музей фондында сақланып киятырған естелик сүўретти Сизлердиң нәзериңизге усынып атырмыз.

Сүўреттеги инсанлар 1941-1945-жыллары Екинши жер жүзлик урысқа қатнасқан ўатанласларымыз. Биздеги бар мағлыўматлар бойынша сүўреттеги бул үш инсанның бириниң исми Аманияз Сапаров, екиншисиниң исми Сейтназар Мадрасулиев (Қоңырат районынан, бурынғы «Энгельс» колхозы, 8-а/с), үшиншиси Турсынбай Хожаниязов (Қараөзек районы, «Мәденият» а/с, бурынғы «Ленин» көшеси, 4-жайда жасаған) лар екенлиги анық.

Лекин, қайсы бири Сейтназар, Турсынбай ҳәм Аманияз екенликлерин анықлаў имканияты болмады. Егерде кимде ким усы сүўреттеги инсанларды таныса қосымша мағлыўматлар берип қалыўыңызды соранамыз...

© All Rights Reserved.