Маман бийдиӊ устазы, оған тәлим берген өз дәўириниӊ илимли, билимли, караматлы тулғасы.
Ол қарақалпақлар атынан 1743-жылы 14 - февральда Петербургда, император сарайында қабылланған елшилер топарының қурамында болған. 1743 – жылы елде қалған қарақалпақлардың үстине Киши жүз қазақларының ханы Абылқайыр топылыс жасап, қарақалпақлардың бөлинип кетиўине себепши болған. Қарақалпақлардың бир бөлеги (Султанбек бий ҳ.т.б.) Сырды өрлеп, Жоңғар ханлығына кетеди ҳәм рус илимпазлары оларды жоқары қарақалпақлар деп атайды. Төменги қарақалпақлар атын алған екинши бир бөлеги (Мурат шайық ҳ.т.б.) Бухара әмирлиги ҳәм Хийўа ханлығы сорамына өтеди.
Мурат шайық басым көпшилиги қытай – қыпшақлар, өзиниң ағайин – туўған хожалары болған ели менен Қараөзектеги "Нурым түбек" тиң етегине келип қоныс басады. Арадан бес жыл өткеннен кейин дүньядан көз жумып, мазары зыяратшылардың таўап ететуғын орнына айланады. Мурат шайық қарақалпақлардыӊ сиясий, мәдений, экономикалық, саўда байланысларын қәлиплестириў ушын арқадағы Россия елиниӊ әҳмийетин түсинген ҳәм еки ел арасында саўда ҳәм елшилик байланысларын раўажландырыўға көп үлесин қосқан тарийхый тулға.