Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде « Филология илимлериниң докторы, профессор, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты» Камал Мәмбетовтың 85 жыллығына бағышланған «Қәдири бәлент инсан» атамасындағы әдебий, саз-сәӯбетли кешеси болып өтти. Кешени музейимиз директоры Ш.Пайзуллаева ашып берди. Буннан соӊ ,Ж.Қаниязова- «К.Мәмбетовтыӊ прозасы», Б.Жолдасбаева-К.Мәмбетов-«Қарақалпақ әдебияттаныӯ илиминдеги кѳрнекли илимпаз»,З.Қожықбаева-«Қарақалпақстанда журналист кадрларды таярлаӯда профессор К.Мәмбетовтыӊ хызметлери»атлы баянатлары менен қатнасты. Әдебий кеше даӯамында К.Мәмбетовтың өмири хәм дөретиӯшилигине бағышланған видео ролик тамашаланды.Өзбекстан мәмлекетлик көркем-өнер хәм мәденият институты Нөкис филиалы, Қарақалпақ мәмлекетлик университети студентлери хәм Хожели районлық №5-санлы балалар музыка хәм көркем-өнер мектебиниң оқыӯшылары тәрепинен қосыклар ҳәм сахналық көринислер кеше соңына жуӯмақ жасады. Жазыўшының илимий хәм әдебий бай мийрасы келешек әӯладлар тәрепинен еле де үйрениледи ҳәм изертленеди деп исенемиз.