Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы музейинде Қоӊырат районынан келип түскен қолжазба ӽәм тасбаспа китапларды үйрениў процесинде литография усылында баспадан шыққан «Китаби Зарқум. Жәӊнамайы ӽәзрет Әлий …» деп аталған китапты көзден өткерип атырғанымызда арасынан сегиз парақ қолжазба фрагментлер табылды. Бул фрагментлердиӊ алты парағы «Ғәрип ашық» дәстанынан үзинди, қалған еки парағы Әжинияз шайыр қосықлары көширилген қолжазба екенлиги анықланды. Сақланып қалған бул еки парақта Әжинияздыӊ «Хошласыў» циклиндеги қосықларынан улы Неъматулланыӊ ӽәм қызы Ӽүрзаданыӊ айтқанлары сондай-ақ «Мен кетермен сергиздана Абдулла» деп басланатуғын қосығыныӊ төрт қатары сақланып қалған.
Әлбетте, Әжинияздыӊ бул шығармалары алдын белгили ӽәм баспадан шыққан. Бирақ, биз ойлаймыз, бул қолжазба да фрагментар болыўына қарамастан қарақалпақ тили тарийхын ӽәм қарақалпақ әдебияты тарийхын үйрениўде, деректаныў ӽәм текстологиялық изертлеўлер ушын қосымша дерек болып хызмет етеди ӽәм музейлик әӽмийетке ийе уникал қолжазба болып табылады.
Қолжазбаныӊ сақланып қалған басы: «… деб кетермен болды. Анда Неъматулла уғлы атасыныӊ кетерин билип, әй ата кетсеӊ йолыӊ болсун деп хошлашып бир ғәзел айтты: Мундын кетер болсаӊ енди сергиздан, Аллаӽ ярыӊ болғай кәбам хош имди…»
Шайырдыӊ бул қосықлары қысса формасында берилген, яғный тек қосық қатарлары емес, ал қарасөзлерде араласып келеди. Усы «Хошласыў» циклиндеги қысса қосықлардыӊ толық вариантлары Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Қолжазбалар фондында ӽәм Қарақалпақ әдебияты тарийхы музейинде сақланып тур.
Таярлаған: Музейдиӊ аға илимий хызметкери Идрисов Абдусалим