Ҳәр жылы 18-май сәнесинде пүткил дүньяда Халықаралық музейлер күни кеңнен белгиленеди.
Байрам мүнәсибети менен Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде илаж шөлкемлестирилди. Илажда Қарақалпақстан Республикасы Мәдений мийрас басқармасының баслығы Қ.Шарипов ҳәм басқарма қәнигелери музей жәмәәтин кәсиплик байрамы менен қызғын қутлықлады.Қ.Шарипов өзиниң қутлықлаўында музейлер халықтың руўхый дүньясы, тарийхы ҳәм мәдений мийрасларын қәстерлеп сақлаўда әҳмийетли орын ийелейтуғынын айрықша атап өтти. Сондай-ақ, ол музей хызметкерлериниң тынымсыз мийнети, излениўлери, ҳәрекетлери арқалы жас әўладқа бай мәдений мийрасты жеткериў бағдарындағы хызметлерин жоқары баҳалады.Илаж даўамында музейде нәтийжели жумыс алып барып атырған бир қатар хызметкерлер Мәдений мийрас басқармасы тәрепинен "Ҳүрмет жарлығы" ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.