Nókis q., Sh.Abdirov kóshesi, 1/1 jay +998(61) 223-54-21 info@berdakhmuseum.uz

​"ШЕЖИРЕ"


Бердақ шайырдың дөретиўшилиги ХIХ əсирде жасаған қарақалпақ халқының көркемлик энциклопедиясы болды. Өйткени, оның өз заманындағы жəмиетлик өмирдиң ҳəмме тəрепин сөз еткен əжайып лирикаларындағы, арнаўлы түрде жазып қалдырылған халық шежиресиндеги, тарийхый ҳəм басқа да дəстанлары бизиң ушын баҳасы жоқ тарийхый этнографиялық дерек болатуғынлығы сөзсиз. Бердақтың əдебият майданындағы үлкен жаңалығының бири-сөз өнериниң күши менен халық тарийхын "Шежире"син жазады. Бердақ шайырдың "Шежире"си-бул қосық пенен баянланған тарийхый жылнама. Бул жерде Бердақ ҳəм шайыр, ҳəм тарийхшы. Бул шығарма-қысқаша эпикалық тарийхый жылнама, руўлардың, қəўимлердиң, Орта Азия халықларының, олардың келип шығыўы ҳаққында жазба дереклер, аўызша аңызлар тийкарында айтылған əңгиме. Шығармада тек қарақалпақлардың тарийхы ҳаққында ғана емес, ал өзбек, түркмен, қазақ халықларының тарийхына тийисли баҳалы ҳəм қызықлы пикирлер айтылған, қытай, монгол, иран халықларының тарийхы бойынша да бир қатар мағлыўматлар сақланған.

© All Rights Reserved.