Nókis q., Sh.Abdirov kóshesi, 1/1 jay +998(61) 223-54-21 info@berdakhmuseum.uz

​"Өзбекстан бойлап саяхат"

"Өзбекстан бойлап саяхат" илажы шеңберинде шөлкемлестирилген Мойнақ районында әмелге асырылып атырған қурылыс жумыслары менен танысыў ушын музейимиздиң бир топар хызметкерлери 2-июнь күни Мойнақ районына саяхат етти. Саяхат даўамында музей хызметкерлери Мойнақтағы тарийхый орынлар, атап айтқанда, Арал теңизи жағаларында жайласқан кеме қойымшылығы, сондай-ақ, районда жайласқан Арал теңизи тарийхы музейи ҳәм де Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейиниң Мойнақ «Экология» музейи филиалын, басқа да дыққатқа ылайық жерлерин тамашалап мәдений дем алып қайтты.Музей хызметкерлериниң Мойнақ районына сапары жүдә мазмунлы ҳәм унамлы тәсирлерге бай болды.

© All Rights Reserved.